Нөкис: Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, 2006. —
79 бет.
Таяныш сөзлер: лексика, лексикология, сөзлик қурам, диахрония,
синхрония, семасиология, этимология, лексикография. Тил билиминиң
ең баслы тараўларының бири-лексикология. Ол тилдиң сөзлик қурамы
ҳәм оның раўажланыў нызамларын үйретеди. Сөзлик қурамды
диахрониялық ҳәм синхрониялық бағдарда қарастырады, изертлейди. Усы
көз-қарастан лексикологи тараўында еки объектти ҳәм еки бөлимди
көриўге болады. Олардан бири тилдиң сөзлик системасын ҳәзирги
жағдайдағы раўажланыў дәрежесинен үйретсе, екинши сөзлик қурамда
тарийхый жақтан тексерип, оған сол тилди дөретиўши халықтың тарийхы
менен тиккелей байланыста баҳа береди, сөзге тарийхый тәрийплеме
жасайды. Усыған байланыслы лексикология илиминде бир-бирине беккем
байланыслы еки бөлимди ажыратамыз. Оларды ҳәзирги лексикология ҳәм
тарийхый лексикология деп атаймыз.