Нөкис: Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, 2006. —
84 бет.
Курстың мақсети ҳәм ўазыйпалары соннан цензура, улыўма тил билиминдеги ҳәм
тюркологиядағы жетискенликлерди есапқа алып қарақалпақ тилиндеги
морфонологиялық қубылыслардың тәбиятын, олардың пайда болыў
жолларын, басқа тиллик қубылыслардан айырмашылығын, қарақалпақ тили
морфонологиясының предметин анықлаў мақсет етип қойылды. Бул
мақсетке ерисиў ушын төмендегидей ўазыйпаларды шешиў белгиленди:
морфонология мәселелерине арналған улыўма тил билиминдеги ҳәм
тюркологиядағы мийнетлерге шолыў жасаў; морфонологияның тил
билиминдеги орнын ҳәм оның тил билиминиң басқа тараўлары менен
байланысын анықлаў; қарақалпақ тилиндеги морфонологиялық
қубылыслардың өзгешелигин анықлап, оларды системаластырыў.